Нызамшылықтағы өзгерислер

17-08-2023 | 11:11

511

Мәмлекетимизде алып барылып атырған суд ҳуқық реформалары нәтийжесинде суд ҳәкимияты пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин тиклеўде, әдил судлаўды әмелге асырыў ҳәм ҳалықтың исенимине ерисиўде бир қанша нәтийжелерди қолға киритти.

Реформалар нәтийжесинде ашылған ҳәкимшилик судлары пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик басқарыў уйымларының, нормативлик ҳүжжетлердың нызамсыз қарарлары ҳәм бул уйымлардың лаўазымлы шахсларының нызамға муўапық болмаған ҳәрекетлеринен қорғаўға хызмет етеди.

Ҳәкимшилик судлар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын бузыўшы мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм мәмлекетлик шөлкемлердиң пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын бузыўшы, нызамға қайшы болған қарарлары ҳақыйқый емес деп, олардың лаўазымлы шахсларының ҳәрекетлери яки ҳәрекетсизликлери нызамға муўапық емес деп табылып келинди.

 «Мәмлекетлик уйымлар менен мүнәсибетлерде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ҳуқықларының нәтийжели қорғалыўын тәмийинлеў бойынша қосымша иләжлар көрилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам  ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киритиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының 2023-жыл 26-апрель күнги 833-санлы Нызамы қабылланды.

                   Нызам менен Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексине ҳәм басқада нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

                   Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик суд ислерин жүритиў ҳаққындағы кодексиниң тийкарғы принциплерине судтың белсенди қатнасыўы деген принципи киргизилди.

Оған көре, ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў судтың белсенди қатнасыўы тийкарында әмелге асырылып, суд исте қатнасыўшы шахслардың түсиндирмелери, арзалары, илтимаснамалары, олар тәрепинен усынылған дәлийллер ҳәм истиң басқа материаллары менен шекленип қалмастан ҳәкимшилик истиң дурыс шешилиўи ушын әҳмийетке ийе болған барлық ҳақыйқый жағдайларды ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тексереди. Исте қатнасып атырған шахслар истиң ҳақыйқый жағдайларын тексериўде ҳәм дәлийллерди топлаўда судқа жәрдем береди.

                   Буннан тысқары, ҳәкимшилик судтың ис жүритиўине келип түскен арза яки шағымның басқа судқа тийисли екенлиги арзаны қабыл етиўде анықланған жағдайда суд арзаны қабыл етиўден бас тартады, бирақ арза яки шағымды ийесине қайтармасдан  тийисли судқа өткереди.

Ал, арза яки шағым тийкарында ис қозғатылған болса, ис өндиристен қысқартылып, ис тийисли судқа өткериледи.

Буннан тысқары, басқа судтан тийислилиги бойынша келип түскен арза (шағым)да кемшиликлер болса оны да арза ийесине қайтармастан, усы кемшиликлерди сапластырыў ушын он күнге шекем мүддет бериледи, арза ийеси бул мүддетте кемшиликти сапластырмаған жағдайда ғана арза (шағым) ийесине қайтарылады. Егер кемшилик сапластырылса, ис жүритиўге қабыл етиледи.

                    Буннан тысқары, киргизилип атырған қосымшалар менен ҳәкимшилик судтың ўәкилликлери де кеңейип атыр.

        Алдын ҳәкимшилик судта тек мәмлекетлик басқарыў уйымлары яки өзин-өзи басқарыў уйымларының лаўазымлы шахсларының ис-хәрекетлери, қарары үстинен келип түскен арза (шағым)лар бойынша ислер көрилетуғын болса, ендиликте усы ис-хәрекет яки қарар менен байланыслы зыянларды өндириў мәселеси де ҳәкимшилик судта көрилетуғын болды.

                   Буннан тысқары, алдынғы нызамшылыққа тийкар  ҳәкимшилик судта экономикалық судтың қарарын орынлаў бойынша мәмлекетлик орынлаўшысының тек ғана ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) бойынша ислер көрилип, экономикалық судтың қарарын орынлаў бойынша мәмлекетлик орынлаўшының  қарарлары үстинен берилетуғын арза (шағым)лар экономикалық судларда көрилетуғын еди.

                   Ендиликте, экономикалик судтың қарарларын орынлаў бойынша мәмлекетлик орынлаўшының ҳәрекетлери(ҳәрекетсизлиги), қарарлары үстинен ҳәкимшилик судқа мүрәжәәт етиледи. 

                   Нызамларға киргизилген өзгерислер пуқараларға ҳәм исбилерменлик субъектлерине ҳәкимшилик судларға мүрәжәәт етиўде жеңилликлер пайда етеди  ҳәм ҳәкимшилик судлар тәрепинен олардың бузылған ҳуқықларын тиклеўде оғада әҳемийетке ийе.

                   Бул болса халықтың судқа болған исенимин беккемлеўге, судлардың ислерди көриў нәтийжелилигин асырыўға хызмет етеди.

 

Р.Худайберганова

Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясы