30-10-2023 | 20:35
189
Өзбекстан бүгин өзиниң раўажланыўының жаңа басқышына қәдем қоймақта. Пуқаралардың ең әҳмийетли арзыў-үмитлери ҳәм мақсетлери тийкарғы нызам Конституцияда толық өз сәўлесин табады.
Өзбекстан Республикасында Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамларының үстинлиги сөзсиз тән алынады. Өзбекстан Республикасының Конституциясы мәмлекеттиң пүткил аймағында жоқары юридикалық күшке ийе, туўрыдан-туўры әмел етеди ҳәм бирден-бир ҳуқықый
түп тийкарын қурайды.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30-статьясында, ҳеш ким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқықынан айрылыўы, ҳеш ким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емеслиги белгиленген.
Жаңаланған Конституцияның 31-статьясында болса,
ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол-қатылмаслығы, жеке ҳәм шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң ар-намысы ҳәм
қәдир-қымбатын қорғаў ҳуқықына ийе. Ҳәр ким хат жазысыўлары, телефон арқалы ҳәм басқа сөйлесиўлери,
почта электрон ҳәм басқа хабарлары сыр сақланыўы ҳуқықына ийе.
Усы ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың шешимине тийкар жол қойылады. Ҳәр ким өзиниң шахсына байланыслы мағлыўматларды қорғаў ҳуқықына, сондай-ақ надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў, сондай-ақ ҳәр ким турақ-жайға болған қол-қатылмаслық ҳуқықына ийе. Ҳеш ким турақ-жайға онда жасаўшы шахслардың қәлеўине қарсы кириўи мүмкин емес.
Турақ-жайға кириўге, сондай-ақ шығарып алыўға ҳәм көзден кешириўди өткериўге тек ғана нызамда нәзерде тутылған жағдайларда ҳәм тәртипте жол қойылады.
Турақ-жайда тинтиў өткериўге тек ғана нызамға ҳәм судтың шешимине муўапық жол қойылады.
Жаңаланған Конституцияның 44-статьясында Судтың шешими менен тайынланған жазаны өтеў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи.
Балалар мийнетиниң баланың денсаўлығына, қәўипсизлигине, минез-қулқына, ақылый ҳәм физикалық раўажланыўына қәўип салыўшы, соның менен бирге оның билим алыўына тосқынлық етиўши ҳәр қандай түрлери қадаған етиледи.
Жаңаланған Конституцияның 65-статьясында Пуқаралар пәраўанлығын асырыўға қаратылған Өзбекстан экономикасының тийкарын меншиктиң ҳәр қыйлы түрлери қурайды. Мәмлекет базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм ҳадал бәсеки ушын шараятлар жаратады, тутыныўшылардың ҳуқықлары үстинлигин есапқа алған ҳалда экономикалық искерлик, исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигине кепиллик береди.
Өзбекстан Республикасында барлық меншик формаларының тең ҳуқықлылығы ҳәм ҳуқықый жақтан қорғалыўы тәмийинленеди.
Жеке меншикке қол қатылмайды. Меншик ийеси өз мал-мүлкинен нызамда нәзерде тутылған жағдайлардан ҳәм тәртиптен тысқары ҳәм де судтың шешимине тийкарланбаған ҳалда айырылыўы мүмкин емес.
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик
судының кеӊсе меӊгериўшиси Н.Калиев
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining 41-cessiyasi bo'lib o'tdi
Sayyor qabul bo'lib o'tdi
Kasaba uyushmasining o'quv seminari
Besh tashabbus
Жорий йилнинг июнь ойида Қобил Дусовнинг фейсбук саҳифасида эълон қилинган маълумотга муносабат.
Aholini ro’yxatga olish bo’yicha o’quv-seminari tashkil qilindi