22-11-2022 | 09:15
369
Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында “Жыл ҳаялы” ҳәм “Гендер теңлиги белсендилери” миллий таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, бүгинги күнде республикамыздың социаллық, сиясий, экономикалық ҳәм басқа да тараўларында ҳаял-қызларымыздың тутқан орны, олардың жәмийетлик белсендилиги ҳаққында атап өтти.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял қызлар мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары Р.Турдыбоева жеңимпазларды қутлықлады.
Буннан соң таңлаў жуўмағы бойынша жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болды.
“Жыл ҳаялы” миллий таӊлаўы Қарақалпақстан Республикасы басқышында “Жылдың ең белсенди исбилермен ҳаялы” номинациясы ҳәм 1-дәрежели диплом менен Шымбай районынан Қурбанова Қундыз Муратбаевна;
“Өз кәсибиниң шебери болған жыл ҳаялы” номинацияси ҳәм 2-дәрежели диплом менен Хожели районынан Примбетова Наргиза Жаксиликовна;
“Жылдың ең жақсы дөретиўши ҳаялы” номинациясы ҳәм 3-дәрежели диплом менен Беруний районынан Уразова Айнура Халбаевналар сыйлықланды.
Сондай-ақ, “Гендер теңлиги белсендилери” таңлаўы бойынша бир қатар номинациялар бағдарында жеңимпазлар хошаметленди ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.
Соның менен бирге республикамыздың түрли аймақларынан келген исбилерменлик, өнерментшилик, фермерлик ҳәм басқа да тараўларда жемисли мийнет етип киятырған ҳаял-қызлардың көргизбеси тамашаланды. Сыйлықлаў мәресими көркем-өнер тараўы ўәкиллери тәрепинен таярланған саз-сәўбетли концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining 41-cessiyasi bo'lib o'tdi
Sayyor qabul bo'lib o'tdi
Жорий йилнинг июнь ойида Қобил Дусовнинг фейсбук саҳифасида эълон қилинган маълумотга муносабат.
Besh tashabbus
Aholini ro’yxatga olish bo’yicha o’quv-seminari tashkil qilindi
Kasaba uyushmasining o'quv seminari