16-03-2023 | 10:17
368
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев туризм, мәденият, мәдений мийрас, миллий кинемотографияны раўажландырыў ҳәмде бул тараўларда жол қойылып атырған кемшиликлер ҳаққындағы мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди. Онда тийисли министрлик, басқарма ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли ҳәкимликлер қатнасты.
Сонғы жыллары туризм ҳәм мәдений мийрас объектлериниң инфраструктурасын раўажландырыў, усы жөнелистеги жумысларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Бирақ, жаратылған қолайлықларға қарамастан, бүгинги күнде бул тараўда алып барылып атырған илажлар талап дәрежесинде әмелге асырылмай атыр.
Өткерилген мәжилисте Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тараўларда бүгинги күнде әмелге асырылып атырған жумыслар сынға алынды.
Атап өтиў керек, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ишки ҳәм сыртқы туризмдеги жағдай, мәўсимге таярлық көриў ҳәм бул тараўдағы машқалаларды сапластырыў бойынша бир қатар тапсырмалар белгилеп берилген. Усыған қарамай, жуўапкерлер тәрепинен бүгинги күнде бул ўазыйпаларды орынлаўда артта қалыўшылық жағдайларына жол қойылмақта.
2022-жылда қала ҳәм районларда туризм тараўында әмелге асырылыўы белгиленген 6 жойбар иске түсирилмеген, 2023-жылға реже етип белгиленген 31 туризм жойбарларында усы күнге шекем ҳеш қандай жумыслар басланбаған.
Усылар менен бир қатарда, белгиленген ўазыйпалар тийкарында қала ҳәм районларда туризм тараўына исбилерменлик субъектлерди кеңнен тартқан ҳалда олар менен биргеликте ҳәр қыйлы кеўил ашар парклерди, комплекслерди шөлкемлестириў белгиленген болса да, бул бағдардағы жумыслар да талап дәрежесинде орынланбай атыр.
Сондай-ақ, Жоқарғы Кеңес Баслығы өз сөзинде “Жаслар, қаламызға келиўши мийманлар ҳәм халқымыз мәдений дем алыў ушын қай жерге барады? Кеўил ашар, дем алыў майданларымыз барма өзи?”- деген оғада әҳмийетли мәселени қойды ҳәм бул бойынша жуўапкерлерге кеўил ашар майданлар, кинотеатрлар, қыябан ҳәм жаслар сейил етиўи ушын бағ шөлкемлестириў илажларын көриў бойынша тапсырма берди.
Буннан тысқары, туризм тараўындағы кадрларды таярлаў ҳәм олардыӊ маманлығын арттырыў жумыслары да жетерли дәрежеде жолға қойылмағанлығы, сондай-ақ, сырт елли туристлерди қызықтыратуғын фестиваль ҳәм мәдений илажлар шөлкемлестириў бойынша жумыслар бүгинги күнниң талабына жуўап бермей атырғанлығы атап өтилди.
Жоқарыдағылар менен бир қатарда, быйылғы жылы республикамызға 80 мың сырт ел туристлерин алып келиў ҳәм туризм экспортын 25 миллион долларға жеткериў бойынша реже белгилеп алынған. Бирақ, тийисли мәкеме, қала ҳәм район ҳәкимликлери тәрепинен жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атыр.
Усылар менен бир қатарда, бүгинги күнде жәми мәдений мийрас объектлерин сақлап қалыў ҳәм олардың туристлик имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар да талап дәрежесинде емес. Соның менен бирге, археологиялық мǝдений мийрас объектлерин илимий жақтан үйрениў жумыслары да дурыс шөлкемлестирилмей атыр. Бундай объектлерде илимий изертлеў жумысларын ǝмелге асырыў арқалы оларды сақлаў, қорғаў ҳǝм үгит-нǝсиятлаў арқалы туризмди раўажландырыўға ерисилген болар еди.
Мәжилисте Жоқарғы Кеңес Президиумының 2023-жыл 28-февралдағы қарары тийкарында “Қарақалпақ фильм” кино студиясының имаратында капитал оңлаў жумысларын алып барыў ушын қаржы ажыратылып атырғанлығы ҳәм материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша тийисли илажлар көрилип атырғанлығы атап өтилди. Соның менен бирге “Қарақалпақ кино” агентлиги жумыслары бойынша да бир қатар сын пикирлер билдирилди.
Өткерилген мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын Министрлер Кеңесиниң Туризм, мәденият ҳәм мәдений мийрас секретарияты баслығына, Туризм ҳәм мәдений мийрас министри орынбасарына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining 41-cessiyasi bo'lib o'tdi
Sayyor qabul bo'lib o'tdi
Жорий йилнинг июнь ойида Қобил Дусовнинг фейсбук саҳифасида эълон қилинган маълумотга муносабат.
Besh tashabbus
Aholini ro’yxatga olish bo’yicha o’quv-seminari tashkil qilindi
Kasaba uyushmasining o'quv seminari