16-05-2023 | 12:12
632
Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Ҳүкимет ағзалары, Республика сектор ҳәм тараў басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, сондай-ақ, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары қатнасып атыр.
Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.
Сессияда усы жылдың 9-июль күни елимизде Президент сайлаўы болып өтетуғынлығы, усы мүнәсибет пенен бүгинги сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши 1-Қарақалпақстан округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанларды усыныў ҳаққындағы мәселе қарап шығылды.
Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериўши округлик сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар дизими менен округлик сайлаў комиссиясының қурамы бойынша депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Жақында ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында қайта тиклениўши энергия ресурсларын енгизиў жағдайы, жаз мәўсиминде энергия системасының турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилген еди.
Видеселектор мәжилисинде Наўайы ўәлаяты мысалында аймақларды энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў бойынша көрилип атырған илажларды Кеңес сессияларында додалаў бойынша тапсырма берилди.
Бул бағдарда Қарақалпақстанда ислениўи тийис ўазыйпалар бойынша режелер белгилеп алынған.
Атап айтқанда, социаллық тараў объектлериниң ыссылық системасын мәмлекетлик жеке меншик шериклик тийкарында модернизациялаў, электр энергиясы ҳәм тәбийий газди узатыўдағы технологиялық жоғалтыўларды кемейтиў, гүз-қыс мәўсими ушын электр ҳәм газ тармақларын капитал оңлаў ҳәм реконструкциялаў ҳәм басқа да бир қатар илажлар сессия қарарының қосымшалары менен тастыйықланбақта.
Күн тәртибиндеги бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Шухрат Даўлетияров баянат жасады.
Қарақалпақстан Республикасы электрэнергиясы хожалығы басқарыўында 21 405 км электр тармақлары, 6 144 трансформатор пунктлери, 107 нимстанциялар, 394 868 абонент тутыныўшылары, соннан 376 209 пуқаралардың үйлери ҳәм 18 659 юридикалық шахслар бар.
Республика электр хожалығын гүз-қыс мәўсимине таярлаў шеңберинде 3 885,8 км электр тармақларын күнделикли, 2 345,5 км электр тармақларын толық оңлаў, 1 175 трансформатор пунктлерин күнделикли оңлаў ҳәм 603 трансформатор пунктлерин толық оңлаў, ҳүрметли Президентимиздиң 2023-жыл 16-февральдағы ПҚ-57-санлы қарарына тийкар 4 126 пуқаралардың үйлерине ҳәмде 1 754 исбилерменлик субъектлериниң имаратларында қуяш панеллерин орнатыў есабынан тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўдеги үзилислер сапластырылады.
Қарақалпақстан Республикасы газ тармақлары хожалығы балансында 9706 км газ қубырлары, 4606 газ бөлистириў пунктлери, 283,5 мың абонент тутыныўшылары, соннан 276,9 мың пуқаралар үйлери ҳәм 6,6 мың юридикалық шахслар бар.
Республика газ хожалығын гүз-қыс мәўсимине таярлаў шеңберинде 29,6 км газ қубырларын оңлаў, 20 газ бөлистириў пунктлерин оңлаў, 235 газ бөлистириў пунктлерин демонтаж қылыў, 11 100 пуқаралар тутыныўшыларды газ тәмийнаты ҳәм үскенелерин нормалластырыў, Президентимиздиң 57-санлы қарарына тийкар 28 исбилерменлик субъектлериниң объектлери газ жанылғысынан көмирге өткериў, 620 социаллық тараў объектлериниң газ жанылғысынан көмирге өткериў есабына пуқаралар тутыныўшыларына газ жеткерип бериўдеги үзилислер сапластырылады.
Сессияда белгиленген ўазыйпаны орынлаў нәтийжесинде 2023-жылда республикада жәми 214,3 млн. кВт. саат электр энергиясы ҳәм 329,4 млн. кубметр тәбийғый газды үнемлеў имканияты жаратылатуғынлығы атап өтилди.
Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-408-санлы қарары талапларыныӊ Қарақалпақстан Республикасында орынланыў барысы бағдарында “Қарақалпақ суў тәмийнаты” жуўапкершилиги шекленген жәмийети директоры Р.Сейтов баянат жасады.
Президент қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы тәмийнаты тараўында 61 объектте қурылыс-реконструкция жумысларын әмелге асырыў ушын жәми 100,4 млрд сум қаржылар ажыратылған.
Бул объектлердиң мәнзилли дизими Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ депутатлары тәрепинен келисилген ҳалда Жоқарғы Кеӊес Президиумыныӊ 2022-жыл 4-ноябрь күнги 949-санлы қарары менен тастыйықланып, объектлердиӊ жойбар-смета ҳүжжетлери белгиленген тәртипте экспертизадан өткерилди.
Жойбар-смета ҳүжжетлерине муўапық, усы 61 объектте баҳасы 82 783,1 млн сум қаржылар есабынан 319,3 км ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын ҳәмде 14 дана ишимлик суў объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў белгиленген.
Усы жылдыӊ 1-май жағдайына буйыртпашы тәрепинен әмелге асырылған қурылыс-монтаж жумыслары ушын 58 млрд. 225 млн сўм (70,3%) қаржыландырылып, кесип алып ислеўшилер тәрепинен объектлерде жәми 51 млрд. 730 млн сумлық (режеге салыстырғанда 62,5%) қурылыс-реконструкция жумыслары орынланды, яғный, бүгинги күнде республикамыздың 38 мәҳәллелеринде 237 км суў тармақлары курылып, 22 292 пуқараның ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланды.
Бүгинги күнде 61 объекттен 34 объектлерде қурылыс-оңлаў жумыслары жуўмақланды.
Сондай-ақ, қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасында ишимлик суўы тәмийнаты тараўында белгиленген объектлер усы жылдыӊ август айы ақырына шекем толық пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген ҳәм нәтийжеде 69 объекттеги қурылыс-реконструкция жумысларының жуўмақланыўы менен республикамызда жасаўшы 25 300 адам қосымша орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинлениўи ҳәм 56 495 адамның ишимлик суўы тәмийнаты жақсыланыўы күтилмекте.
Бул мәселе де толық қарап шығылып, депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе бойынша Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-408-санлы қарары талапларының орынланыўының барысы бағдарында “Ҳудудгазтаъминот” акционерлик жәмийетиниң Қарақалпақстан филиалы директоры Худайберген Айманов баянат жасады.
Сессияда 408-санлы Президент қарарына тийкар газ тәмийинаты тармақларын оңлаў, реконструкциялаў, газ бөлистириў шақапшаларын оңлаў ҳәм хожалықларға қосымша суйылтырылған газ баллонлар ажратыў бойынша 9 жойбарға 846,7 млн.сум қаржы жумсалыўы белгиленгенлиги атап өтилди.
Қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалы тәрепинен 5 жойбарда объектлерге жойбар-смета ҳүжжетлери таярланды ҳәм мәмлекетлик экспертизадан өткерилген.
Жойбарларға “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалының өз имканиятлары менен газ тармақларына жеңил оңлаў жумыслары орынланды ҳәмде суйылтырылған газ баллонлар резерви жаратылған.
Республикамызда бүгинги күнге келип Президенттиң ПҚ-408-санлы қарарына тийкар газ тәмийинаты тармақларын оңлаў, реконструкциялаў, газ бөлистириў шақапшаларын оңлаў ҳәм хожалықларға қосымша суйылтырылған газ баллонлар ажыратыў бойынша 9 жойбар толық жуўмақланған.
Соннан 3 объектке Қарақалпақстан Республикасы бюджети есабынан 360,0 млн.сум, 1 объектке Елликқала районы жергиликли бюджети есабынан 250,0 млн.сумлық, 5 объектке «Ҳудудгазтаъминот» акционерлик жәмийети есабынан 236,7 млн.сумлық қаржы жумсалды. Нәтийжеде жәми 1 005 хожалықтын тәбийғый газ тәмийинаты жақсыланды.
Күн тәртибиндеги мәселе толық қарап шығылды ҳәм депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Сессия күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес жанындағы Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясы ҳәмде мǝмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳǝм пуқаралық жǝмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жǝмийетлик фонды тәрепинен 2021-2022-жылларда алып барылған жумыслар туўралы болып, бул мәселе бойынша Жәмийетлик комиссия баслығы Даўытбай Қурбаниязов баянат жасады.
2021-жылда Жәмийетлик фондқа жергиликли бюджет қаржылары есабынан 1 млрд. сумнан аслам қаржы ажыратылып, соннан 400 млн.сумы мәмлекетлик грантлар ушын, 600 млн. сум мәмлекетлик социаллық буйыртпа ушын жәрияланған таңлаў жеңимпазларына берилген болса, 2022-жылы жергиликли бюджет қаржылары есабынан ажыратылған 950 млн.сум қаржының 460 млн.сумы мәмлекетлик грантлар ушын, ал 250 млн. сум мәмлекетлик социаллық буйыртпа ушын жәрияланған таңлаў жеңимпазларына берилди ҳәмде 240 млн.сум қаржы мәмлекетлик субсидиялар ушын ажыратылған.
Социаллық шериклик бойынша жәмийетлик комиссиясының мәжилислеринде нызамда белгиленген социаллық шериклик тараўлары кесиминде мәмлекетлик уйымлардың мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер менен социаллық шериклиги, оның нәтийжелилиги мәселелери турақлы түрде додаланып келмекте.
Улыўмаластырып айтқанда, 2021-2022-жыллар даўамында Социаллық шериклик бойынша Жәмийетлик комиссияның 20 дан аслам мәжилиси өткерилип, оларда 50 ден зыят мәселелер көрип шығылды.
Сессияда Жоқарғы Кеңес жанындағы Жәмийетлик фонд тәрепинен 40 тан аслам бағдарлар бойынша мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар жәрияланып, 20 дан зыят таңлаўға 72 жойбар келип түскенлиги ҳəмде комиссия ағзалары тәрепинен бул жойбарлар көрип шығылып, соннан 32 жойбар жеңимпаз деп табылғанлығы атап өтилди.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Күн тәртибиндеги гезектеги мәселе бойынша Жәмийетлик фонд директоры Парахат Турдымуратов баянат жасады.
2021-жыл даўамында Жәмийетлик фонд тәрепинен мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ажыратыўда 21 бағдар бойынша 8 таңлаў өткерилип, Жоқарғы Кеңес жанындағы Социаллық шерикли бойынша жәмийетлик комиссиясының қарары менен 18 жойбар жеңимпаз деп табылды хәм бул жойбарлардан 17 жойбар мәмлекетлик грантлар, 1 жойбар социаллық буйыртпа болып табылады.
Жәмийетлик фондқа 2022-жыл ушын да жергиликли бюджет есабынан 966 млн 370 мың сум қаржы ажыратылып, соннан 460,0 млн. сумы мәмлекетлик грантлар, 250,0 млн. сум мәмлекетлик социаллық буйыртпа ушын ҳәмде 240 млн. сум мәмлекетлик субсидия ушын ажыратылған.
Сессияда 2022-жыл даўамында Жәмийетлик фонд тәрепинен мәмлекетлик грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар ажыратыўда 23 бағдар бойынша 6 таңлаў өткерилгени, таңлаўлар бойынша 14 жойбар жеңимпаз деп табылғаны ҳәм бул жойбарлардың 13 жойбары мәмлекетлик грантлар ҳәм биреўи социаллық буйыртпа болса, 5 миллий мәдений орайға 240 млн сумлық мәмлекетлик субсидиялар ажыратылғанлығы атап өтилди.
Буннан соң күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен арнаўлы қарар қабыл етилди.
Сессия мәжилисиниң күн тәртибиндеги кейинги мәселе Жоқарғы Кеңес Президиумының тийисли қарарларын тастыйықлаў мәселеси ҳаққында болып, усы Президиум қарарларда аймағымыздың социаллық-экономикалық жақтан раўажланыўына байланыслы әҳмийетли мәселелер орын алған.
Атап айтқанда, 2023-жыл 23-марттағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңадан шөлкемлестирилген киши бизнес субъектлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде «Онлайн платформа»сын иске түсириў ҳәм интеграциялаў ушын қаржы ажыратыў илажлары ҳаққында»ғы 1136-санлы қарары;
- 2023-жыл 25-марттағы «Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтың 2021-жыл 30-декабрьдеги «Республикада көклемзарластырыў жумысларын жеделлестириў, тереклерди қорғаўды еле де сапалы шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-46-санлы Пәрманын орынлаў мақсетинде, Нөкис қаласы аймағында көгалландырыў жумысларын әмелге асырыў ушын гүл нәллерин сатып алыўға қаржы ажыратыў ҳаққында»ғы 1141-санлы қарары;
- 2023-жыл 3-апрельдеги «Қоңырат ҳәм Тақыятас районларындағы жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарына коммуникация тармақларын қурыў ушын қаржы ажыратыў ҳаққында»ғы 1149-санлы қарары;
- 2023-жыл 20-апрельдеги «Россия мәмлекети Новосибирск қаласында спорттың волейбол түри бойынша өткерилетуғын «U-14 Дослық Кубогы-2023» халықаралық ашық турнирге қатнасыў ушын қаржы ажыратыў илажлары ҳаққында»ғы 1169-санлы Президиум қарарлары ҳәм басқада әҳмийетли қарарлар қабыл етилген.
Сессияда Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен Сессиялар аралығында қабыл етилген қарарларды тастыйықлап алыў мәселеси қарап шығылды.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша депутатлар тәрепинен қарар қабыл етилди.
Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қырқ үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining 41-cessiyasi bo'lib o'tdi
Sayyor qabul bo'lib o'tdi
Жорий йилнинг июнь ойида Қобил Дусовнинг фейсбук саҳифасида эълон қилинган маълумотга муносабат.
Besh tashabbus
Aholini ro’yxatga olish bo’yicha o’quv-seminari tashkil qilindi
Kasaba uyushmasining o'quv seminari