18-05-2022 | 16:52
410
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Мәмлекетлик медицина мәкемелери хызметкерлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыў, жоқары нәтийжели мийнетке умтылыўы ушын мүнәсип шараятлар жаратыў, олардың өз кәсиплик дәрежесин арттырып барыўдан мәпдарлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, 2022-жыл 18-март күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң денсаўлықты сақлаў тараўының ўәкиллери менен өткерилген «Медицинадағы реформалар – инсан қәдири ушын» атамасындағы ашықтан-ашық сәўбети шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
жоқары ҳәм биринши маманлық категорияларына ийе болған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын – 15 процентке;
екинши маманлық категориясына ийе болған ҳәм категорияға ийе болмаған, сондай-ақ, басқа да медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери ушын – 10 процентке;
медицина мәкемелериниң басқа да хызметкерлери ушын – 15 процентке арттырылатуғыны белгиленсин.
Онда, медицина мәкемеси хызметкерлериниң тариф ставкаларын есаплаў әмелдеги мийнетке ҳақы төлеў разрядлары бойынша тариф коэффициентлерин тийислисинше 1,15 ҳәм 1,1 есеге көбейтиў арқалы әмелге асырылады.
басланғыш медициналық-санитариялық мәкемелер, район (қала)лық медицина бирлеспелери, қыстаўлы ҳәм тез медициналық жәрдем хызмети, балалар медицина мәкемелери, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети ҳәм социаллық кеселликлерге (туберкулез, бүйрек жетиспеўшилиги, онкологиялық, руўхый, наркологиялық, эндокрин, мақаў (лепра), жуқпалы, жынысый жол менен жуғатуғын, АИЖС) қәнигелескен медицина мәкемелеринде – улыўма қәрежетлериниң 10 проценти;
республика ҳәм ўәлаят дәрежесиндеги басқа да денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде – улыўма қәрежетлердиң 5 проценти.
Қор қаржыларының 75 проценти топарына қарамастан барлық мәмлекетлик медицина мәкемелери хызметкерлерин материаллық хошаметлеўге, 25 проценти – медицина мәкемесиниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў, модернизациялаў ҳәм оңлаўға бағдарланатуғыны белгилеп қойылсын.
Онда:
хызметкерлерди материаллық хошаметлеўге ажыратылған қаржылар есабынан мәмлекетлик медицина мәкемесиниң жоқары маман, айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ҳәм ҳүжданлы жумыс ислеп атырған медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлерине айлық лаўазым мийнет ҳақысының 100 процентине шекем ҳәм басқа хызметкерлерге 75 процентке шекем айлық үстемелер;
жаңадан жумыс баслаған потенциаллы жас шыпакерлерге 1 миллион сумға шекем арнаўлы айлық үстемелер;
шаңарақлық шыпакер пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақтын саат 20:00 ге шекем сөзыў есабынан екинши сменада жумыс ислейтуғын шыпакер ҳәм мийирбийкелерге лаўазым мийнет ҳақысының 30 процентине шекем айлық қосымша үстемелер толеп бериледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Қордың қаржылары есабынан медицина мәкемелери хызметкерлерин материаллық хошаметлеў тәртибин тастыйықласын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда еки ҳәпте мүддетте жоқары технологиялық қыйын операциялардың дизимин тастыйықласын.
а) 2022-жыл 1-сентябрьден баслап емлеў-профилактика мәкемелериниң хызметкерлерине олардың медицина тараўында ҳәм жумысында илимди раўажландырыўға қосып атырған үлесин есапқа алған ҳалда, Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан илим докторы (Doctor of Science) илимий дәрежеси ушын лаўазым мийнет ҳақысының 60 процентине шекем ҳәм илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD) илимий дәрежеси ушын лаўазым мийнет ҳақысының 30 процентине шекемги муғдарда ҳәр айлық қосымша ҳақы төленеди.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Инновациялық раўажланыў министрлиги, Илимлер академиясы ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте емлеў-профилактика мәкемелериниң илимий дәрежеге ийе болған хызметкерлерине қосымша ҳақы төлеў тәртиби ҳаққындағы Министрлер Кабинетиниң қарары жойбарын киргизсин;
б) барлық медицина хызметкерлери Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан дәслепки ҳәм периодлық медициналық тексериўден бийпул өткериледи.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги Қаржы министрлиги менен биргеликте медицина хызметкерлерин медициналық тексериўден өткериўге байланыслы қәрежетлер ушын зәрүр қаржыларды турақлы түрде медицина мәкемелериниң қәрежетлер сметасында нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
Онда, усы бәнтте көрсетилген үстемени алыў ушын шыпакер басқа аймақта кеминде еки жыл жумыс ислеген ҳәм кеминде екинши дәрежели маманлық категориясына ийе болыўы керек.
медицина хызметкерлериниң машақатлы ҳәм абырайлы жумысы сүўретленген көркем, сахна ҳәм кино шығармаларын және сериалларын көбейтсин;
медицина хызметкерлерин жылына бир мәрте театр ҳәм концерт тамашаларына бийпул алып барыў системасын шөлкемлестирсин.
еки ай мүддетте «2022-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин;
2023-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлерин қәлиплестириўде зәрүр қаржылар нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining 41-cessiyasi bo'lib o'tdi
Sayyor qabul bo'lib o'tdi
Жорий йилнинг июнь ойида Қобил Дусовнинг фейсбук саҳифасида эълон қилинган маълумотга муносабат.
Besh tashabbus
Aholini ro’yxatga olish bo’yicha o’quv-seminari tashkil qilindi
Kasaba uyushmasining o'quv seminari