24-01-2022 | 22:51
673
Өзбекстан Республикасы ҲСИЖҳКниң 27-статьясына көре, ҳәкимшилик судлар тәрепинен мәмлекетлик дизимнен өткериўди рад етиў яки белгиленген мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў үстинен шағым қылыў ҳаққындағы ис көрип шығылады.
Ҳәкимшилик судларға кадастр уйымларының мәмлекетлик дизимнен өткериўди рад етиўдеги ҳәрекетлери, яки белгиленген мүддетте мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыўдағы ҳарекетсизликлерди ҳәм кадастр ҳүжжетлерин ҳақыйқый деп табыў ҳаққында арза, шағымлары келип түспекте.
Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик судлары тәрепинен усы күнге шекем кадастр уйымларының ис-ҳарекетлери ямаса ҳарекетсизлиги үстинен жәми 7 дана арза шағымлар жүзесинен ислер көрип шығылған болып, соннан ҳәммеси бойынша арза шағым қанаатлантырыўдан бас тартылып, арза шағым қанаатлантырылмаған.
Усы көрилген ислерди талықлайтуғын болсақ, тийкарғы көрилген ислердиң көпшилиги кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириўди рад етиў ҳәм жерге болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыў ҳақындағы шағымлар менен байланыслы.
Өзбекстан Республикасы Жер кодекси 31-статьясына көре, юридикалық хәм физикалық шахслардың жер участкасына болған ҳуқықы орынның өзинде шегаралары белгиленгеннен кейин жер участкасының планлары (сызылмалары) ҳәм тәсниплери дүзилип, жер участкаларына болған ҳуқық мәмлекет дизимине алынғанынан жүзеге келеди.
Өзбекстан Республикасы Жер кодексиниң 33-статьясында, жер участкасына болған ҳуқықты мәмлекет дизимине алыў ҳаққындағы гуўалығы жер участкасына болған ҳуқықты тастыйықлаўшы ҳүжжет болып есапланады, жер участкасына болған ҳуқық усы ҳуқық белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимге алынғаннан кейин күшке киреди, деп белгиленген.
Усы нызам талапларына тийкар пуқаралар өзине тийисли тәртипте ажыратылған, онлайн ауцион арқалы сатып алған, ижәраға алынған ямаса көшпес мүлк жайласқан жер майданындағы жер участкасын тийисли тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерместен турып, бул жер участкасына болған ҳуқықты ал алмайды.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик кадастрлары ҳаққында”ғы Нызамының 12-статьясына муўапық, мәмлекетлик кадастрлари кадастр объектлерине болған мүлк ҳуқықы ҳәм басқа ҳуқықларды дизимнен өткереди.
Жер участкаларына ийелик қылыў ҳәм олардан пайдаланыў ҳуқықлары район, қала, ўәлаят ҳәкиминиң, Қарақалпақстан Республикасы министрлер кеңесиниң ҳәмде Өзбекстан Республикасы министрлер кабинетиниң жер бериў ҳаққындағы қарарлары, жерлерди ижәраға алыў ҳуқықы жер участкасын ижәраға алыў шәртнамасы тийкарында, жер участкаларына болған мүлк хуқықы бундай хуқыққа тийкар мәмлекетлик ордери, алды-сатты шәртнамалары ҳәм жер участкаларына болған мүлк ҳуқықы жүзеге келиўине тийкар болатуғын, нызамшылықта нәзерде тутылған басқа ҳүжжетлерге тийкар дизимге алынады.
Бинә, имәратқа ҳәм қурылысларға болған мүлк ҳуқықы басқа шахсға өтиўи нәтийжесинде жүзеге келген жер участкасына ийелик етиў ҳәм оннан пайдаланыў ҳуқықы сол мүлклердиң алды-саттысы, алмастырылғанлығы, саўға етилгенлиги, ўәсият қылынғанлығы ҳаққындағы тийисли шәртнамалар ҳәм жер участкасына байланыслы тийисли ҳүжжетлер тийкарында дизимге алынады.
Сервитутлар ҳаққындағы битимлар ҳәмде Жер участкаларына йиелик қылыў, олардан пайдаланыў, оларды ижәраға алыў, мүлк ҳуқықларына байланыслы басқа шеклеўлер тийисли шәртнамалар, судтың карарлары тийкарында дизимге алынады.
Өзбекстан Республикасы “Мәмлекетлик кадастрлары ҳаққында”ғы Нызамының 16-статьясына көре, Жер участкасына болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимге алыўды рад етиў ушын төмендегилер тийкар болады:
мәмлекетлик дизимге алыў органында усы жер участкасының кимге тийисли екенлиги ҳаққында ныза барлығынан далалат бериўши ҳүжжетлердиң бар екенлиги;
мәмлекетлик дизимге алыў органында усы жер участкасы нызамда белгиленген тәртипте алып қойылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлардың бар екенлиги.
Жер участкасына болған ҳуқықларды ҳәм Жер участкаларына тийкар питимлерди мәмлекетлик дизимге алыў рад етилгенлиги яки дизимге алыў мүддетлериниң бузылғанлығы үстинен белгиленген тәртипте судга шағым қылыныўы мүмкин.
Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған Жер участкаларына яки ҳуқықты белгилеўши ҳүжжетлерсиз пайдаланып атырған Жер участкаларына болған ҳуқуқлар мәмлекетлик дизимнен өткерилмейди.
Мамлекетлик дизимнен өткериўден бас тартыўдың үстинен берилген шағым бойынша жуўапкер қатарында дизимнен өткериўден бас тартқан кадастр уйымы жуўапкер етип иске қатнастырылып, ис тәреплер қатнасында, ис ушын әҳмийетке ийе болған барлық ҳүжжетлер топланып ҳәм оларға ҳуқықый баҳа берилген ҳалда көриледи. Егер дизимге алыўшы тәрепинен арза бериўшиниң нызамлы ҳуқықлары бузылғанлығы анықланған жағдайда суд тәрепинен арза бериўшиниң бузылған ҳуқықлары тикленеди.
Қарақалпақстан Республикасы
ҳәкимшилик судының судьясы Р.Худайберганова
Xalq deputatlari Beruniy tuman Kengashining 41-cessiyasi bo'lib o'tdi
Sayyor qabul bo'lib o'tdi
Жорий йилнинг июнь ойида Қобил Дусовнинг фейсбук саҳифасида эълон қилинган маълумотга муносабат.
Besh tashabbus
Aholini ro’yxatga olish bo’yicha o’quv-seminari tashkil qilindi
Kasaba uyushmasining o'quv seminari