#ДЫҚҚАТ, ДЫҚҚАТ! «ONLINE» ҚАБЫЛЛАЎ!

03-08-2022 | 17:12

446

Пуқаралар ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары менен ислесиўде жәнеде қолайлық жаратыў, машқалаларын тезлик пенен көрип шығыў ҳәм олардың ўақтын үнемлеў мақсетинде “Online-video” системасы арқалы Бюроның Қ.Р. басқармасы басшыларының кабыллаўы жолға қойылды.

Ҳүрметли пуқаралар!
#Қабыллаўлар ҳәр ҳәптениң шенби күни саат 10-00 ден 13-00 ге дейин өткерилетуғынлығын хабарлаймыз.
Бул ушын, өзиңизге жақын аймақлық Бюро бөлимине барып “Online-video” системасы арқалы, ямаса тиккелей Бюро басқармасы имәратына келип , басшылар қабыллаўында Бюро искерлиги жүзесинен ҳәр қандай мәселе бойынша мүрәжат қылсаңыз болады.
Ҳәр бир мүрәжат Нызамлы шешилиўи кепилленеди!
Нәўбеттеги қабыллаў усы жылдың 6-август күни болып өтеди.